Халықаралық театр күни – көркем өнер ҳәм руўхыйлық байрамы
Ҳәр жылы 27-март күни дүнья театр хызметкерлери өзлериниң кәсиплик байрамларын белгилейди. Бул сәне 1961-жылы ЮНЕСКО жанындағы Халықаралық театр институты тәрепинен Австрияның Вена қаласында болып өткен IX конгрессте шөлкемлестирилген. Усы күннен баслап, бул байрам «Театр – халықлар арасындағы өз-ара түсиниў ҳәм тынышлықты беккемлеў қуралы» сүрени астында белгиленбекте.
Театр инсан руўхыйлығын тәрбиялаўшы, оған турмыслық сабақ бериўши жанлы көркем өнер түри. Ағартыўшы Махмудхўжа Беҳбудий «Театр ибратханадур» деп бийкарға айтпаған. Ҳақыйқатында да, театр жәмийетлик турмысты сәўлелендирип, адамлардың санасына социаллық ҳәм руўхый идеяларды сиңдириўде шексиз әҳмийетке ийе. Театр инсанды жақсылық, жақсы минез-қулық ҳәм жоқары ағартыўшылыққа жетеклейди.
Театр көркем өнери түрли усылларда раўажланып келген. Олардың арасында драма театры, опера, балет, музыкалы драма, музыкалы комедия, оперетта, жас тамашагөйлер театры, қуўыршақ театры, радиотеатр, телевизиялық театр, эстрада ҳәм майдан театры сыяқлы бағдарлар бар. Ҳәр бир бағдар өзиниң өзгешелиги ҳәм тамашагөйлерге жеткерип атырған мазмуны менен ажыралып турады.
Өзбек миллий театры узақ тарийхқа ийе болып, оның дәслепки көринислери әййемги дәўирге барып тақалады. Эрамызға шекемги VII–VI әсирлерде ата-бабаларымыз тәрепинен түрли театр сахна көринислери жаратылган. Ҳәзирги күнде Өзбекстанда бир қатар үлкен театрлар жумыс алып бармақта, соның ишинде:
Өзбекстан Мәмлекетлик академиялық драма театры, Муқимий атындағы Өзбекстан мәмлекетлик музыкалы театры, Аброр Ҳидоятов атындағы театр, Илҳам театры ҳәм басқалар…
Қарақалпақстан Республикасында да театр көркем өнери кең түрде раўажланған. Ҳәзирги ўақытта төмендеги театрлар жумыс алып бармақта:
Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театры, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры, Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театры.
Бул театрлар өз сахналарында миллий ҳәм дүнья драматургиясының ең жақсы шығармаларын көрсетип, тамашагөйлерди руўхый азық пенен тәмийинлемекте.
Ҳәзирги күнде дүньяның 100 ден аслам мәмлекетинде 27-март сәнеси театр хызметкерлериниң кәсиплик байрамы сыпатында белгиленеди. Усы мүнәсибет пенен көплеген театрларда бийпул спектакльлер ҳәм арнаўлы бағдарламалар шөлкемлестириледи. Қарақалпақстан театрлары да бул дәстүрди даўам еттирип, балалар ҳәм жасы үлкенлер ушын арнаўлы көркем тамашалар шөлкемлестирмекте.
Театр көркем өнери – инсанияттың руўхый жетилисиўи жолында хызмет ететуғын шексиз байлық. Солай екен, Халықаралық театр күни бәршемиз ушын көркем өнер байрамы сыпатында үлкен әҳмийетке ийе.
Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы