Исбилерменлер менен ушырасыў: жаңа жойбарлар ҳәм экономикалық раўажланыў жолында

94

Қарақалпақстан Республикасында исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм жаңа жойбарларды әмелге асырыў мақсетинде гезектеги додалаў ушырасыўы болып өтти. Онда Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев ҳәм жаңа бизнес басламашылары қатнасты.

Ушырасыў даўамында ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында исбилерменликти раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, соның ишинде Қарақалпақстан ушын қабыл етилген тарийхый пәрман ҳәм қарарлар тийкарында берилген жеңилликлер ҳаққында сөз етилди.

Сондай-ақ, исбилерменлер ушын ажыратылып атырған кредитлер, 2025-жылы әмелге асырылыўы режелестирилген аймақлық инвестиция жойбарлары, жаңа өндирис кәрханаларын шөлкемлестириў даўамында ушырасып атырған машқалалар додаланды. Бизнес субъектлериниң жумысын қоллап-қуўатлаў, бар имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў мәселелери де айырықша итибарға алынды.

Исбилерменлер өз усыныс ҳәм машқалаларын билдирип, оларды шешиў бойынша тийисли басшыларға анық ўазыйпалар берилди. Ушырасыў жуўмағында исбилерменликти және де раўажландырыў бойынша әмелий илажлар белгилеп алынды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги