Экологиялық қәўипсизликти турақластырыў тенденциялары

Миллий гвардия Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайында «Елимизде экологиялық қәўипсизликти турақластырыў тенденциялары» темасында республикалық илимий-әмелий конференция болып өтти.
Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген илажда Өзбекстан Республикасы Миллий Гвардиясы сәркардасының орынбасары, полковник С.Мамаюсупов, Өзбекстан экологиялық партиясының басшысы А.Ҳамзаев, Бас прокурор орынбасары – әдиллик аға мәсләҳәтшиси Ш.Тўхтабоев, экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министриниң орынбасары Ж.Казбеков ҳәм аймақлардан 755 тыңлаўшы қатнасты.
Конференцияда тәбиятты қорғаў ҳәм тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў тараўындағы нызамшылық талаплары бузылыўының алдын алыў мәселесине итибар қаратылды.
Тараўға байланыслы ҳуқықбузарлықларды анықлаў ҳәм оған шек қойыў ушын тәсиршең илажларды қолланыўды буннан былай да жетилистириў зәрүрлиги атап өтилди.
Экологиялық қәўипсизликти беккемлеў ҳәм экологиялық жағдайды жақсылаў бойынша жетекши сырт еллердиң алдыңғы тәжирийбелеринен келип шығып усыныслар ислеп шығылды.

Экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша әмелдеги нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерге өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў мақсетинде илимий тийкарланғын усыныслар таярланды. Сораў-жуўапларға бай тәризде өткен илаж жуўмағында министрлик ҳәм уйымлардың басшыларының қатнасыўында усы аймаққа терек нәллери егилди.
Н.Абдураимова,
ӨзАның хабаршысы