«BYD» «Tesla»ны артта қалдырды

252

Қытайдың электромобиль ислеп шығаратуғын «BYD» компаниясы өзиниң кейинги бир жыллық дәраматы «Tesla» компаниясынан жоқары болғанын атап өтти. Бул ҳаққында «BBC» басылымы жазбақта.

Мәлим болыўынша, дәрамат 29 процентке артып, 107 миллиард долларға жеткен, бул оның гибрид автомобильлери саўдасының есабынан асқан. Илон Маскқа тийисли «Tesla» болса 97,7 миллиард доллар пайда менен артта қалған.

BYD сондай-ақ, ҚХРда узақ ўақыттан берли ең көп сатылатуғын электр транспорт қуралы болып табылады. «Теslа Модель 3»ке бәсекилес болған арзанырақ автомобильди ислеп шығарды.

Өткен ҳәптеде BYDдиң тийкарын салыўшысы Ванг Чуанфу батареяны қуўатлаўдың жаңа технологиясын жәриялады. Оның сөзлерине қарағанда, машинаны енди бес минутта қуўатлаў мүмкин.

Мусулман Зиё, ӨзА