Шет тиллерин оқытыў бойынша ең жақсы мектеплер ақшалай сыйлық пенен сыйлықланады

Министрлер Кабинетиниң «Қәбилетли оқыўшылар арасында пән олимпиадаларын өткериў системасын жетилистириў ҳәм шет тиллерин оқытыў бойынша ең жақсы мектепти анықлаў системасын енгизиў ҳаққында»ғы қарарына бола, Өзбекстан Республикасы Президенти сыйлығы ушын «Шет тиллерин оқытыў бойынша ең жақсы мектеп» таңлаўын өткериў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланған.
Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, «Шет тиллерин оқытыў бойынша ең жақсы мектеп» таңлаўына старт берилмекте.
Таңлаўдың биринши – район (қала)лық басқышы быйыл 27-март күни басланады. Онда ең жақсы нәтийжеге ерискен жәмәәтлер ўәлаятлық басқышта аймақ бириншилиги ушын беллеседи.
Бул басқышта жеңимпаз болған жәмәәтлер:
1-орын ушын – 100 миллион сум;
2-орын ушын – 75 миллион сум;
3-орын ушын – 50 миллион сум муғдарындағы ақшалай сыйлықты қолға киргизеди.
Муҳайё Тошқораева,
ӨзА