Жерлесимиз екинши мәрте Азия чемпионы болды

Усы жылдың 25-30-март күнлери Иорданияның Оман қаласында спорт гүреслери бойынша Азия чемпионаты болып өтпекте. Бул абырайлы жарыста Өзбекстан сайланды командасының абырайын қорғап атырған жерлесимиз Жалғасбай Бердимуратов және бир мәрте өз шеберлигин ҳәм күшли екенин көрсетти.
87 кг салмақ категориясында финалға жол алған Жалғасбай Бердимуратов шешиўши беллесиўде Иран ўәкили менен гилемге шықты. Гүрес кескин ҳәм маўасасыз өтти, бирақ жерлесимиз қарсыласын шеберлик пенен жеңип, өзиниң екинши Азия чемпионлығына еристи.
Бул нәтийже Жалғасбай Бердимуратовтың халықаралық майдандағы табыслы жумысының және бир жарқын бети болды. Оған шекем де бир қатар абырайлы жарысларда жоқары нәтийжелерди көрсеткен спортшымыздың бул жеңиси елимиздиң спорт ықласбентлери ушын үлкен қуўаныш бағышлады.
Жалғасбай Бердимуратовтың гезектеги мақсети – жәҳән чемпионатында мүнәсип қатнасыў ҳәм Олимпиада жолламасын қолға киргизиў. Оның бул жолдағы барлық ҳәрекетлерине табыслар тилеп қаламыз!
Қарақалпақстан хабар агентлиги