Республика бойлап айырым банкоматлар алып тасланады
360

Өзбекстан бойлап аймақларда нызамсыз орнатылған банкоматларды демонтажлаў жумыслары алып барылмақта. Бул ҳаққында МҒКАда болып өткен баспасөз әнжуманында Кадастр агентлиги директорының орынбасары Мирсаид Мирмақсудов мәлим етти.
Оның сөзлерине бола, банкоматларды нызамсыз жайластырыўға қарсы қадағалаў жумыслары алып барылмақта. Процесс Орайлық банк пенен биргеликте турақлы даўам етеди.
Жуўапкер ҳәзирги ўақытта онда қанша нызамсыз орнатылған банкомат демонтаж исленгени бойынша анық мағлыўматлар жоқ екенлигин атап өтип, бул ҳаққында Орайлық банк ямаса коммерциялық банклер хабар бериўи мүмкин екенлигин айтқан.
2024-жыл даўамында 66 109 жер менен байланыслы нызам бузылыўы жағдайлары жүз берген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги