Қабулда Өзбекстан қурылыс материаллары ушын саўда үйи ашылады
266

Аўғанстан пайтахты Қабул қаласында Өзбекстан қурылыс материаллары ушын саўда үйи ашылады.
Бул ҳаққында Өзбекстан Саўда палатасының мәлимлеме хызмети мәлим етти.
Бул саўда үйи 570 кв.м майданда жайласқан болып, шоурум ҳәм 500 кв.м майданда өнимлерди сақлаў ушын қоймаханадан ибарат.
Исбилерменлерге өнимлерин қолайлы шәртлер тийкарында жайластырыў ҳәм жергиликли компаниялар менен тиккелей сөйлесиўлер алып барыў имканиятлары бериледи.
Еслетип өтемиз, Аўғанстанның Мазари-Шариф қаласында фармацевтика, электротехника ҳәм қурылыс материаллары ушын турақлы жумыс алып барыўшы Өзбекстан саўда үйи шөлкемлестирилгени ҳаққында хабар берилген еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги