Францияда өзбек өнерментшилиги таныстырылады

Ташкентте Республикалық “Өнермент” ассоциациясының баслығы Р.Мирзааҳмедов және Францияның “Salsola Design” галереясының тийкарын салыўшылары Эриса Зҳоу ҳәм Симон Сунлар менен ушырасыў болып өтти.

Онда мийманлар усы жылдың сентябрь айында Францияда өткерилетуғын “Maison&objet paris” атамасындағы дүньядағы ең ири мебель ҳәм турақ жай көргизбесинде мебельлер бренди шөлкемлери сыпатында қатнасатуғынын билдирди.
Ушырасыўда мийманлар усы көргизбе өткерилетуғын майданнан “Salsola Design” галереясы да орын алған болып, бул көргизбе павильонында Орайлық Азия, соның ишинде, Өзбекстан өнерментшилигин де креатив усылда көрсететуғынын билдирди.
Соның менен бирге, 2026-жылдың январь айында Францияда және бир өнерментшилик көргизбе-саўдасында да Өзбекстан өнерментшилигиниң қатнасыўы ҳәм өнерментшилик өнимлерин көрсетиў усынысы билдирилди.
Жуўмағында “Өнермент” ассоциациясы ҳәм “Salsola Design” галереясы менен биргеликте жумыс алып барыўға келисип алынды.
Гулназа Бобоева,
ӨзАның хабаршысы