Өзбекстан жәҳән парламентаризм орайына айланады

228

Орайлық Азия тарийхында биринши мәрте Ташкент қаласында Парламентлераралық аўқамның –юбилей ассамблеясы болып өтеди.

2025-жылдың 5-9-апрель күнлери пайтахтымыздағы Конгресс холл комплексинде өткерилетуғын бул әнжуманда дүньяның 180 мәмлекети, 15 бақлаўшы мәмлекет ҳәм 25 тен аслам халықаралық ҳәм парлементлераралық шөлкемнен 2 мыңға шамалас делегатлар қатнасыўы күтилмекте.

Мәжилистиң тийкарғы темасы “Социаллық раўажланыў ҳәм әдиллик ушын парламент ҳәрекети” болып, онда кәмбағаллықты қысқартыў, мүнәсип мийнет шараятларын жаратыў, социаллық инклюзаны қоллап-қуўатлаў ҳәм қарар қабыллаў процесинде кемситилген топарлардың қатнасын арттырыў сыяқлы мәселелер додаланады.

Ассамблея жуўмағында Аўқамның резолюциялары ҳәм Ташкент декларациясы қабыл етиледи.

ӨзА