“Oylikbot” тың орнына “Moliyachi” мәлимлеме системасы иске қосылады

504

Экономика ҳәм қаржы министрлиги тәрепинен telegram социаллық тармағында мийнет ҳақы ҳаққында мағлыўмат бериўши “Oylikbot” (чат боты) өширилгенлиги ҳәм оның орнына альтернатив сыпатында жаратылған, қәўипсиз ҳәм пайдаланыў ушын қолайлы болған – “Молиячи” мәлимлеме системасы иске қосылатуғыны мәлим етилди-деп мәлимлеме береди xs.uz сайты.

“Бул бағдарлама иске қосылғаннан соң, хызметкерлер тиккелей мийнет ҳақы ҳәм басқа да зәрүр мағлыўматларды бағдарламадан жүклеп алыў имканиятына ийе болыўы мүмкин.

Бағдарламаның иске қосылыўы ҳаққында рәсмий социаллық тармақ бетлеримизде қосымша мәлимлеме бериледи,” делинеди министрликтиң хабарында.

Қарақалпақстан хабар агентлиги