Күшимиз – аўызбиршилик ҳәм татыўлықта, қүдиретимиз – ўатанға меҳир ҳәм садықлықта

Ташкент қаласындағы «Жаңа Өзбекстан» бағында 21-март күни Наўрыз улыўмахалықлық байрамының салтанаты болып өтти.
Далаларда, қырларда өзгеше кейпият ҳүким сүрмекте. Жанажан ўатанымызға Наўрыз кирип келди. Бул байрамды Жаңа күн, өмиримиздиң жаңа бети сыпатында мүнәсип қәдирлеймиз.
Бул улыўмахалықлық байрам пүткил мәмлекетимиз бойлап «Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз!» деген бас идея тийкарында муқаддес Рамазан айы ҳәм «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы»нда белгиленип атырғаны әзелий қәдириятларымызды және кеўилимиз айнасына салып, оларға қайта жан бағышлағандай.
Байрам қатнасыўшылары Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти қол шапатлаўлар менен күтип алды. Мәмлекетимиз басшысы ҳәммени Наўрыз байрамы менен қутлықлады.
– Быйылғы Наўрыз муқаддес Рамазан айында, оның уллы пазыйлетлерине үнлес ҳалда өтип атырғаны байрамға айрықша руўх, өзгеше пайыз ҳәм қуўаныш бағышламақта. Кеўиллеримиз шадлыққа толған усындай берекетли күнлерде елимиздиң мусылманларын, пүткил ислам халқын Рамазан менен және бир мәрте қутлықлап, барлық пәк нийетлеримиздиң қабыл болыўын тилеймиз,-деди Шавкат Мирзиёев.
Мәмлекетимиз басшысы сырт еллерде ана ўатан меҳири ҳәм сағынышы менен жасап атырған ўатанласларымызды да қутлықлап, жақсы тилеклерин билдирди.
Наўрыз 3 мың жыллық мәмлекетшилигимиз тарийхында өзиниң теңсиз руўхый әҳмийети менен ҳәмийше айрықша итибарға ылайық байрам екени атап өтилди. Бул әййямның бийтәкирар гөзаллығы, адамгершилик руўхы ҳәм терең философиясы глобалласыў дәўиринде де пүткил дүньяны таң қалдырып атырғаны оның әзелий мәниси ҳәм өмир бағышлаўшы күшинен дерек береди.
Наўрызда жәмленген дөретиўшилик руўхы Жаңа Өзбекстанымызда әмелге асырылып атырған үлкен реформалар ҳәм жедел өзгерислердиң түпкиликли мазмуны ҳәм ийгиликли идеяларына үнлес болып есапланады. Мәмлекетимизде инсан қәдирин улығлаў, жәмийетлик әдиллик принциплерин беккемлеў, халықтың дәраматлары ҳәм турмыс дәрежесин жоқарылатыў жолында исенимли қәдемлер қойылмақта.
Елимизде көплеген заманагөй санаат комплекслери, инфраструктура ҳәм логистика тармақлары, жаңа имарат ҳәм турақ жайлар, бақша ҳәм мектеплер, жоқары оқыў орынлары, емлеўханалар, мәденият ҳәм спорт дәргайлары қурылмақта. Қала ҳәм аўылларымыз, пүткил елимиз абат болып бармақта.
«Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде үлкемизде жаңа экологиялық орталық жаратылмақта. «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы» мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде бул процесс және де кең көлемге ийе болмақта.
Президентимиз шығып сөйлеген сөзинде жаслар сиясатына да тоқтап өтип, олар Жаңа Өзбекстанның раўажланған ҳәм қүдиретли күшине айланып атырғанын атап өтти. Үлкен нәтийжелерге ерисип, елимиздиң раўажланыўын ҳәм абырайын арттырып атырған, ақыллы, билимли ҳәм тәжирийбели, ғайратлы ҳәм исбилермен ул-қызларды мақтады.
– Әзиз перзентлерим, сизлер Ўатанымыз аспанында жарқын жулдызлар болып жанатуғын ўақыт келди. Елимиздеги теңсиз имканиятларды әмелий нәтийжелерге айландырыў ушын тынымсыз ҳәрекет етиң! Артыңызда дерлик 38 миллионлық уллы халық, Президент турғанын ҳеш қашан умытпаң,-деди Шавкат Мирзиёев.
Наўрыздың сәни, гәшти әсиресе, мәҳәллелерде өтип атырған халық сейиллеринде анық сезиледи. Миллий дәстүрлеримиздиң ошағы болған мәҳәлле системасының турмысымыздағы орны ҳәм тәсири күн сайын артып бармақта. Жаслар тәрбиясы, тынышлықты тәмийинлеў, кәмбағаллықты қысқартыў, халықты исбилерменлликке тартыў, социаллық қорғаў ҳәм ҳаял-қызлар белсендилигин күшейтиў, экология ҳәм абатлық сыяқлы бир-биринен әҳмийетли ўазыйпалар мәҳәллениң өзинде шешилмекте.
Пурсаттан пайдаланып, мәмлекетимиз басшысы 22-март – Мәҳәлле системасы хызметкерлери күни менен барлық мәҳәлле белсендилерин қызғын қутлықлады.
Наўрыз кеңпейиллик ҳәм татыўлық руўхы менен елимиздеги барлық миллет ҳәм халық ўәкиллери ушын сүйикли, түп мәнисинде улыўмахалықлық байрамға айланған. Усы мәниде, Президентимиз пүткил халқымызға мүрәжат етти:
– Бизиң күшимиз – аўызбиршилик ҳәм татыўлықта, қүдиретимиз – Ўатанға меҳир ҳәм садықлықта, жетискенлигимиз – өзимизге болған жоқары исенимимизде!
Улыўма инсаныйлық мәниси себепли Наўрыз Бирлескен Миллетлер Шөлкеми тәрепинен халықаралық байрам сыпатында тән алынған. Бул қәдирият Шығыстағы көплеген халықларды, соның ишинде, Орайлық Азия халықларын және де татыўластырмақта. Усы айдың ақырында әййемги Хоженд қаласында Өзбекстан, Тәжикстан ҳәм Қырғызстан жетекшилериниң үш тәреплеме ушырасыўы өз-ара татыўлық жолында және бир әмелий қәдем болады.
Мәмлекетимиз басшысы байрамда қатнасып атырған елшилер ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллерин халықаралық Наўрыз күни менен қутлықлап, олардың халықларына дослық сәлемин жоллады.
Байрам үлкен концерт бағдарламасы менен даўам етти. Онда елимиздиң көркем өнер ғайраткерлеринен тысқары Түркия, Түркменстан, Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан сыяқлы туўысқан үлкелердиң белгили қосықшылары да қатнасқаны дыққатқа ылайық болды.
«Жаңа Өзбекстан» бағы байрам кейпиятына бөленген. Майданшалар әлўан гүллер ҳәм байрақлар менен безелген. Миллий мәденият орайларының көргизбелеринде елимиздеги татыўлық ҳәм бай мәдений ҳәр түрлилик көзге тасланды.
Мәмлекетимиз басшысы бул көргизбелерди ҳәм фольклор-этнографиялық жәмәәтлердиң нама-қосықларын тамашалады.
Наўрыз сейиллери елимиздиң барлық орынларында даўам етпекте. Дийқанлар халқымыздың ырысқы-несийбеси ретинде жерге берекет туқымларын екпекте. Мәҳәллелерде абаданшылық, мийрим-шәпәәт илажлары өткерилмекте.
Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
ӨзА