Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Президент Мырза!

Америка Қурама Штатларының халқы атынан Сизди ҳәм пүткил Өзбекстан халқын әжайып Наўрыз әййями менен қутлықлайман. Бул ҳәмме ушын тынышлық, абаданшылық ҳәм жаңаланыў байрамы болып есапланады.

Мәмлекетлеримиз арасында беккем  қатнасықлар орнатылып атырғанлығын жоқары қәдирлеймен ҳәм Сизиң избе-из реформалар бағдарламаңызды  қоллап-қуўатлайман. Саўда қатнасықларымызды кеңейтиў ҳәм   заманымыздың ең ири машқалаларын шешиў жолында бирге ислесиўди интизарлық пенен күтемен.

Уллы  мәмлекетлеримиз тынышлыққа умтылып атырған бир ўақытта, Америка Қурама Штатлары Өзбекстанның суверенитети, ғәрезсизлиги ҳәм  аймақлық  пүтинлигин бәрқулла қоллап-қуўатлаўға садық болып қалады.

Наўрыз мубәрек!

Шын жүректен,

 Дональд Трамп,

Америка Қурама Штатлары Президенти