Өзбекстан Республикасы Президенти
Уллы мәртебели мырза Шавкат Мирзиёевқа
Ҳүрметли Шавкат Миромонович!
Бәҳәр әййямы Наўрыз мүнәсибети менен ең жақсы тилеклеримди қабыл еткейсиз.
Россия-Өзбекстан қатнасықлары стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық руўхында табыслы раўажланбақта. Биргеликтеги ҳәрекетлеримиз бенен өз-ара пайдалы еки тәреплеме байланысларды буннан былай да дос халықларымыздың абаданлығы, Орайлық Азияда қәўипсизлик ҳәм турақлылықты беккемлеў жолында жедел раўажландырамыз, деп исенемен.
Усы қутлы әййямда Сизге, ҳүрметли Шавкат Миромонович, шын жүректен беккем денсаўлық ҳәм табыслар, Өзбекстанның барлық пуқараларына болса бахыт-ығбал ҳәм абаданлық тилеймен.
Ҳүрмет пенен,
Владимир Путин,
Россия Федерациясы Президенти