Өзбекстан жәҳән парламентаризминиң орайына айланады
204

2025-жылдың 5-9-апрель күнлери 190 мәмлекетти бирлестирген Парламентлераралық Аўқамның ең ири халықаралық илажы – 150-юбилей Ассамблеясына Өзбекстан басшылық етеди.
Бундай илаж Орайлық Азия мәмлекетлери тарийхында биринши мәрте елимизде өткерилмекте.
“Социаллық раўажланыў ҳәм әдиллик ушын парламент ҳәрекети” темасында өткерилетуғын Ассамблеяның дүркин мәжилислеринде пүткил жер жүзи парламент делегациялары тәрепинен:
Халықты социаллық қорғаў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў;
Нызам үстинлигин тәмийинлеў;
Инсан ҳуқықларын қорғаў;
Гендер теңликти тәмийинлеў;
Илим, технологияны раўажландырыў ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаў сыяқлы әҳмийетли мәселелер додаланады-деп мәлимлеме береди xs.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги