Қарныма жылайын ба яки қәдириме?
Бул тема жүдә қызық. Қызықлы екени соншелли, жүдә қурамалы. Қурамалы, бирақ шешими бар. Шешилмейтуғын машқаланың өзи болмайды.
Мен жаспан. Жас болыўыма қарамастан бул машқала ҳаққында ойлап атырман. Ойлап түбине жете алмайман.
Жаслар басын қатырады. Айырым үлкен жастағылар емес. Не ушын? Себеби, бизлер ертеңги келешекпиз. Жаслар әлбетте, бул машқаланың шешимин табады. Буның ушын ақыл, парасат ҳәм жуўапкершилик керек.
Мен ойлайман – ойым мени ойлайды.
Темаға жақынырақ барамыз. Шешилиўи тийис болған тема бул – Газета. Газета-күнделикли, әҳмийетли мәселелердиң бири. Оның әҳмийети сонда, қәдир-қымбатының бираз төменлеп баратырғанлығында…
Эҳ, мениң қарақалпақ газетам! Сени алтынға да, оннан қымбат буйымға да алмаспайман. Сени ҳеш кимге берип қоймайман. Яғный, жаслар сени ҳеш кимге берип қоймайды.
Мәмлекетимизде болып атырған барлық реформаларды, жаслардың турмысы ҳаққында күнделикли жаңалық ҳәм хабарларды халыққа анық, дәл жеткерип беретуғын ҒХҚның бир түри бул әлбетте, газета еди. Бул жерде мен өзимизде шығатуғын газеталарды гә мақтап, гә жаманлайжақ емеспен. Оларға сәл болса да сыпатлама бережақпан.
«Республикамызда шығатуғын газеталардың тили сәл қурамалы. Олар талапқа жуўап бермейди. Биз газеталарды оқығанымыздан көре, телефон арқалы жаңалықлар менен танысқанымыз мақул», – дейтуғын ақыллы инсанлар ушын бир нәрсе айтпақшы едим. Газетаны оқыў ең биринши өзимиздиң саламатлығымыз ушын пайдалы. Екиншиден, бул бийбаҳа байлық бизлерге алтыннан қымбат болған жаңалықларды жеткерип береди. Үшиншиден, ақыл-ойымыздың өсиўи, оның раўажланыўы ушын көпир ўазыйпасын атқарады. Қулласы, биз газеталарды қолымызға алып оқысақ пикирлеў шеңберимиз кеңейеди.
Раўажланған мәмлекетлерди алып қарайық. Японияда азанғы чай менен газета қолынан түспейди. Бул нениң белгиси? Газетаға болған ҳүрметтиң, өзине болған исенимниң айқын көриниси есапланады.
Бизлер де, Япония уқсаған мәмлекетлердиң тәжирийбесин үйренсек, әлбетте, раўажланған мәмлекетлер қатарында боламыз. Буның ушын бәршемиз бүгиннен баслап ат салысайық.
«Америкада бир газетаның баҳасы: 3$(38 000 сум) турады.
Бизде бир газетаның баҳасы 2000 сум турады. Бул бир мәрте жөнелисли таксиге минген менен барабар. Бир адам бир күнде орташа есап пенен төрт мәрте жөнелисли таксиге минсе 8000 сум жумсалады.
Бир сомса ямаса бир пирожки орташа есап пенен 2000-2500 сум әтирапында. Демек, бизиң республикамызда көпшилик адамлар 2000 сумға газета алып оны оқып өзиниң ой-дүньясын байытқаннан көре социаллық талабын қанаатландырғанын абзал көреди.
Эҳ, мениң ғәрийп ҳәм бийшара газетам! Қарныма жылайын ба я сениң қәдириңе жылайын ба?
Қәдириң бәлент болсын жанажан газетам!
Мақала авторы тәрепинен усыныс: «Газета материаллары қызықлы, сулыў, дизайнге бай болсын. Лекин, оған товар деп қарамайды екенбиз, бәршеси бир пул».
Биз газеталардың кейинги жумысларында тасқын-табыслар тилеймиз. Бул тема дөгерегинде еле көп мәрте пикирлесемиз.
Ҳүрмет пенен: Азизбек Дабылов