Жасларды кибержынаятлардан қорғаў-әҳмийетли мәселе

46

Соңғы жыллары дүнья жүзинде интернет имканиятларының кеңейиўи менен бирге, жәмийет арасында ҳәр қыйлы кибержынаятлар да көбейип бармақта. Кейинги ўақытлары жыллары интернет арқалы жүз берип атырған алдаўшылық жағдайлары, жеке мағлыўматлардың урланыўы, жалған сайтлар арқалы пайдаланыўшылардың алданыўы сыяқлы қәўип-қәтерлердиң артып баратырғаны әҳмийетли мәселеге айланбақта.

Усы мүнәсибет пенен бүгин университеттиң математика, физика, химия-технология, шет тиллери ҳәм өзбек филологиясы факультетлеринде кибержынаяшылықтың алдын алыў ҳәм студентлер арасында санлы қәўипсизлик мәдениятын арттырыўға қаратылған үгит-нәсият илажы шөлкемлестирилди.

Онда факультет деканларының орынбасарлары, тьюторлар ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Илажда университеттиң жаслар мәселеси ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша проректоры С.Алаўатдинов бүгинги күни кибержынаяшылық глобал машқалаға айланғанына тоқтап өтип, олардың арасында әсиресе, интернет алдаўшылығы, жеке мағлыўматлардың нызамсыз қолға киргизилиўи ҳәм социаллық тармақлардағы жалған мағлыўматлар арқалы пайдаланыўшылардың алданыўы сыяқлы қәўип-қәтерлер кең тарқалғанын атап өтти.

Өткерилген илаж даўамында студентлерге кибержынаятларға қарсы гүресиў бойынша әмелий усыныслар берилип, ҳәр қыйлы реал жағдайлар мысалында киберқәўипсизлик илажлары түсиндирилди.

Студентлер усы тема бойынша өзлерин қызықтырған мәселелер бойынша сораўлар берип, оларға ҳәр тәреплеме жуўаплар алды. Бундай үгит-нәсиятлаў илажлары студентлерди кибержынаятлардан қорғаў, олардың санлы саўатлылығын арттырыў ҳәм интернеттен қәўипсиз пайдаланыў мәдениятын қәлиплестириўге хызмет етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги