Өмир қосығы (этюд)
Таң сәҳәр. Бундай ўақытта ҳеш қашан радиодан қосық еситпейтуғын едим. Сүйикли радио толқынымызға айланып үлгерген 100.4 толқынының қулағын әсте бурадым.
Радио журналисти, сол бир қурылмадан шығып кететуғындай, «Ендиги қосық нәўбетин эстрадамыздың жарқын жулдызы Иляс Балтабаевтың «Қәстерлеп абайлаң бир-бириңизди» атлы музыкалық композициясын сиз әзизлерге инәм етемиз» деди де қосыққа гезекти берди.
Ҳасылдың қыяғы, тулпар туяғы,
Бәриңиз ақыллы, бәриң зыялы.
Ҳей әзиз халқымның әзиз уллары,
Қәстерлеп абайлаң бир-бириңизди.
Қулаққа таныс, кеўилге қонымлы музыка екен. Бул қосықты ким айтатуғынын да билип алдым. Дәрриў, интернетти ақтарып қосықтың сөзин жазған шайырды излей басладым.
Арадан бираз ўақыт өтти. «Излеген мақсетине жетеди» деген халқымызда даналық сөз бар. Қосықтың авторы, Қарақалпақстанға мийнети сиңген мәденият хизметкери, марҳум шайыр апамыз Минайхан Жуманазарова. Бундай қосықты дөретиў де аңсат емес. Усындай үлкен жуўапкершиликти өз мойнына алған Минайхан апаға мың мәрте рахмет айтсақта аз.
Қосықты тек еситип ләззетлениў емес, ал оның мәнис-мағанасына итибар қаратыўымыз зәрүр.
Шайырсаң бәриңде елди жырласа,
Данышпансыз ели-журтты сыйласа.
Келешек әўладтың ғамын ойласаң,
Қәстерлеп абайлаң бир-бириңизди.
Бул қосықтың дөрелиў тарийхы қандай екен?! Усы нәрсе мени көбирек қызықтырды. Өзимше болжай басладым.
Мениңше, халқымызға белгили, зыялы адамлар бир-бири менен «Сен-менге» барып қалғаны шайырға түртки бердиме екен?! Бәлким… Неде болса халықтың руўхый дүньясына күшли тәсир ететуғын, тәрбия ҳәм өрнек болатуғындай қосық дүньяға келген. Сонлықтан, бул қосық еле қанша ўақыт халқымыздың қәлбинде жасайтуғынлығы сөзсиз. Шайырдың өзи өлсе де сөзи өлмейди, – деген даналық сөздиң бир дәлийли усы шығар.
Неде болса бул қосық халықтың кеўлинен шыға алды.
Оқыўға баратырғанымда, зериккен ўақтымда, мобил телефоным иске түскенде яки радио толқынында қосықты дерлик ҳәр күни еситемен. Қосық еситпестен инсанның жасаўы қыйын. Әсиресе, кеўилге қонымлы нама болса…
Жақсы қосықлар мәңгилик қалады. Олар ҳеш қашан өлмейди, олар биз бенен жасай береди.
…Күн әсте қарайды. Қуяш көк жийегине бас қойды. Бундай ўақытта ҳеш те радиодан қосық еситпейтуғын едим. Лекин, усы ўақытта 100.4 толқынынан Иляс Балтабаевтың «Қәстерлеп абайлаң бир-бириңизди» қосығы жаңлай баслады. Мен қосықты ақырына шекем айрықша ләззет пенен тыңладым. Мине, қосық соның менен өз жуўмағына жетти.
Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы