Өзбекстан қорғаныў бюджети бойынша Орайлық Азияда биринши орынды ийеледи

Өзбекстан 2,8 миллиард доллар қорғаныў бюджети менен Орайлық Азия мәмлекетлери арасында биринши орынды ийеледи. Бул ҳаққында «Global Firipowerning»тиң 2025-жылғы есабатында атап өтилген.
Халықаралық қорғаныў қаласында атап өтилиўинше, Өзбекстан қорғаныў бюджети менен Мянмадан (2,94 миллиард доллар) кейинги 63-орынды бәнт еткен.
Рейтинг кестесинде елимизден кейинги орынларда 2,04 миллиард АҚШ доллар бюджет пенен Қазақстан, 1,1 миллиард доллар менен Түркменстан, 446 миллион доллар менен Тәжикстан ҳәм 221 миллион долларлық бюджет пенен Қырғызстан жайласқан.
GF мағлыўматларына бола, қорғаныў бюджети ең жоқары болған топ бес мәмлекет – АҚШ (895 миллиард доллар), Қытай (267 миллиард доллар), Россия (126 миллиард доллар), Ҳиндстан (75 миллиард доллар) ҳәм Саудия Арабстаны (74 миллиард доллар).
Өзбекстан әскерий имканияты бойынша 145 мәмлекет арасында 58-орынды ийеледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги