МКШлардың жумысына нызамсыз араласқаны ушын жуўапкершилик күшейтилиўи мүмкин

Социаллық-экономикалық тараўда жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў, нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумыс еркинлигиниң кепилликлерин беккемлеў, олардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин жүзеге шығарыў ушын нызамшылықты буннан былай да жетилистириў зәрүрлиги жүзеге келмекте.
Усы мүнәсибет пенен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексте мәмлекетлик уйымлардың лаўазымлы шахслары тәрепинен мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысына нызамға қайшы түрде араласқанлық, жәмийетлик қадағалаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң талапларын бузғанлығы ушын ҳәкимшилик жуўапкершилиги белгиленбекте.
Соның ишинде, кодекстиң 197-статьясы прим 8-статья менен толықтырылмақта.
Онда мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысына нызамға қайшы түрде араласыў БЕМниң 7 есесинен 15 есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.
Сондай-ақ, кодекс 198-7-статья менен толықтырылады. Оған бола, жәмийетлик қадағалаў субъектлери тәрепинен жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў нәтийжелери бойынша протокол, жуўмақ, мағлыўматнама түринде яки нызамшылық ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған басқа түрде таярланған жуўмақлаўшы ҳүжжетти белгиленген мүддетте көрип шықпаў лаўазымлы шахсларға БЕМниң 3 есесинен 5 есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болады-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты
Қарақалпақстан хабар агентлиги