Президент: Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў – стратегиялық жолымыз

697

Президент Шавкат Мирзиёев 19-март күни киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери менен ушырасыў өткерди.

Елимизде бул тараў жумыс орны, инвестиция, инновация, бәсеки, қосымша қун ҳәм экспортты көбейтиўге ең үлкен түртки берип атырған бағдарға айланды. Соңғы бес жылда киши ҳәм орта исбилерменлердиң саны 2 есеге көбейди. Оларда 10 миллион 500 мың адам – жәми бәнт халықтың 74 проценти дәрамат таўып, хожалық бақпақта. Экономика көлеминиң ярымынан көбиси, санаат ҳәм экспорттың үштен бири усы тараў ўәкиллериниң үлесине туўра келмекте.

Бул санлардың өзинде-ақ мәмлекетимиз экономикасы ушын киши ҳәм орта бизнес қаншелли зәрүр екенлигин анық көрсетип тур. Мәмлекетимиз басшысы соның ушын бул бағдарды қоллап-қуўатлаў буннан кейин де мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларынан бири болатуғынын атап өтти.

– Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў – бизиң стратегиялық жолымыз,-деди Шавкат Мирзиёев.

Ушырасыўда киши ҳәм орта бизнес бағдарындағы тийкарғы ўазыйпалар ҳаққында пикир алысылды.

Атап айтқанда, 2025-жылы оның экономикадағы үлесин 55 процентке көтерип, 70 миллиард долларлық қосымша қун жаратыў;

– жаңа базарларға кирип барыўда транспорт, сертификат ҳәм стандартына жәрдемлесип, киши бизнес экспортын өткен жылғы 9 миллиардтан 12 миллиард долларға алып шығыў;

– ишимлик суўы, канализация, жол, қурылыс, коммунал хожалығы, жеткерип бериў, утилизация, миграция, мәденият ҳәм социаллық хызметлерде киши бизнестиң үлесин 2-3 есеге арттырыў;

– 1,5 миллион турақлы жумыс орнын шөлкемлестирип, тараўда бәнт халықтың үлесин 75 процентке жеткериў;

– 100 ден артық көп жумысшысы бар кәрханаларды 4 мыңға алып шығыў;

– киши бизнесте жаңа 100 бренд өним шығарыўды жолға қойыў;

– киши бизнес қатнасыўында 200 стартап жойбарларды қаржыландырыў сыяқлы мақсетлер қойылмақта.

Бул бағдарда сырт ел экспертлери менен бирге бағдарлама ислеп шығылды. Оған 2025-жылы барлық дереклер есабынан 10 миллиард доллар қаратылмақта.

Президентимиз оның нәтийжесинде киши ҳәм орта бизнеске жаратылатуғын жаңа имканиятларды айрықша атап өтти.

Атап айтқанда, халықты исбилерменликке тартыў ушын 22 триллион сумлық жеңиллетилген ресурс ажыратылады. Соның 2,5 триллион сумы жасларға, және соншасы ҳаял-қызлар исбилерменлиги жойбарлары ушын қаратылады. Ҳаял исбилерменлерге кредит ставкасы басқаларға қарағанда 2 процентке арзан болады.

Усы жылдан киши бизнеске 300 миллион сумға шекемги кредит бериле басланды. Енди соңғы бир жылда ириленип, киши ямаса орта кәрханаға айланған исбилерменлерге соның 150 миллион сумы гиреўсиз бериледи. Сондай-ақ, шаңарақлық исбилерменлик бойынша да 50 миллион сумға шекем гиреўсиз кредит болады.

Бизнести қаржыландырыўда қолайлы дерек сыпатында венчур фондлар ғалаба ен жаймақта. Бес жылда олардың қатнасыўында 145 миллион долларлық 53 стартап жойбар әмелге асырылған.

Оны кеңейтиў мақсетинде мәмлекетлик банклер тәрепинен және 3 венчур компания ашылып, 50 миллион доллар фонд қәлиплестирилди. Сырт елден де және 50 миллион доллар тартылады. Бул бизнести баслап атырған исбилерменлер ушын қосымша имканият болады. Ең әҳмийетлиси, бундай жойбарлар экономикаға жаңа бағдар, технология, инновация ҳәм жоқары қосымша қун алып киреди.

Стартап арқалы жаратылған жоқары нәтийжели инновациялық өним ямаса хызметлер техникалық регламент ҳәм стандартларға киргизиледи. Бул оларға мәмлекетлик буйыртпа ушын жол ашады.

Бизнес ушын жаратылған шараятлар есабынан үш жылда 250 мың кәрхана дүзилди. Енди олардың жумысының кеңейиўи ушын орын ҳәм имарат керек. Соның ишинде ҳәкимлер жер таңлаўда, бәринен бурын, жумысын жолға қойып, раўажланыў тилегинде жүрген исбилермелер сораған жайларды аукционға шығарыўы зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.

Және бир жаңалық: быйыл Қоңырат, Шымбай, Асака, Ғыждуўан, Ғалларал, Яккабағ, Хатыршы, Чортоқ, Булунғур, Сырдәрья, Денов, Қува, Шовот районлары ҳәм Янгийўл ҳәм Марғылан қалаларында барлық мәмлекетлик уйымлар бир көп қабатлы имаратқа көшириледи. Олардан босайтуғын 150 имарат аукционда исбилерменлерге усыныс етиледи.

Бундай жаңалықлар аўыл хожалығы тараўында да бар. Қарақалпақстан Республикасы, Жиззақ, Ташкент ҳәм ойпатлық ўәлаятларында 5 мың гектардан аслам жер жаңаша тәртипте ижараға берилмекте. Ол жерде исбилерменлер өзи қәлеген егинди егип, бир бөлегине сақлаў, сайлаў, қадақлаў қуўатлықларын қурыўы да мүмкин. Быйыл және 30 мың гектар жер усындай система тийкарында саўдаға шығарылатуғыны айтылды.

Жақында «Узагростар» холдинг компаниясы шөлкемлестирилген еди. Оның қурамында мийўе-овощ жетистириўге қәнигелескен 16 компания ашылды. Енди, бул компаниялар ҳәр бир ўәлаятта мийўе-овощты қайта ислейтуғын агросанаат комплекслерин қурады. Оған дәслепки басқышта және 200 миллиард сум бериледи.

Потенциаллы бағдарлардан және бири – өндирис. Орынларда оған умтылыўшылар көп, бирақ ҳәммеси де жумысты неден баслаў, қай жерден қәниге ҳәм технология алып келиўди билмейди.

Соның ушын, 20 районда киши ҳәм орта санаат кәрханаларын раўажландырыў бойынша жойбарлар офислериниң ашылыўы мәлим етилди. Оларға сырт елден қәниге, технолог, дизайнер, бухгалтер ҳәм маркетологлар алып келинеди. Оған усы жылдың өзинде 100 миллиард сум ажыратылады.

Буннан тысқары, киши бизнесте жаңа «драйвер» болатуғын үскене ҳәм қурал-жарақлар, медициналық әсбаплар, электроника санааты, логистика сыяқлы тараўларда исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў бойынша айрықша бағдарламалар қабыл етилетуғыны айтылды.

Жаңа исбилерменлер «аяққа турып алыўы» ушын жумысының биринши жылы әҳмийетли. Соның ушын оларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде «биринши имканият» принципи енгизиледи. Яғный, биринши мәрте ҳәкимшилик ҳуқықбузыўшылық ислеген исбилермен жуўапкершиликтен азат етилип, кемшиликти сапластырыў ушын имканият бериледи.

Ҳәзирги ўақытта жумысты сапластырыў ушын барлық категориядағы исбилерменлерге бирдей талап белгиленген. Енди бул процесс те әпиўайыласады. Соңғы үш жыллық айланысы 10 миллиард сумнан артпаған, салықтан қарызы болмаған кәрхананы еркин түрде сапластырыўда тексериў өткерилмейди.

Бизге белгили, елимизде 2028-жыл 1-январьға шекем қосымша қун салығы ҳәм пайда салығының ставкасы артпайтуғыны белгиленген. Енди киши ҳәм орта бизнеске қосымша талап ҳәм миннетлеме жүклейтуғын нормативлик   ҳүжжетлер қабыл етиўге де үш жыллық мораторий жәрияланды.

Фермерлер ушын да әҳмийетли жаңалық: салықтан қарызын ўақтында төлей алмағаны ушын усы ўақытқа шекем жыйналып қалған 1 триллион сумлық пеняны өндириўден ўаз кешилди.

Дүньяда кеңнен раўажланып атырған жасалма интеллект, санлы ҳәм жасыл технологиялар, креатив хызметлер тараўындағы жойбарларға да қолайлы шараятлар жаратып берилетуғыны атап өтилди.

Өзбекстанда киши бизнести раўажландырыў стратегиясын халықаралық қаржы шөлкемлери де қоллап-қуўатламақта. Президентимиз ушырасыўда Азия раўажланыў банки, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки, Франция раўажланыў агентлиги ўәкилханаларының басшылары менен де сөйлести. Халықаралық қаржы шөлкемлерине әмелий бирге ислесиўи ҳәм көрсетип өтип атырған жәрдеми ушын миннетдаршылық билдирди.

Ушырасыўда исбилерменлер шығып сөйлеп, жумысын кеңейтиў, жаңа базарларға кирип барыў, стандартларды үйрениў, бренд жаратыў, стартапларды жүзеге шығарыў бойынша усынысларын айтты. Мәмлекетимиз басшысы оның ушын Киши бизнес ассоцациясын шөлкемлестириў басламасын қоллап-қуўатлады.

Исбилерменлер ҳәмийше нызам ҳәм мәмлекет қорғаўында екени атап өтилди.

– Президент бәрқулла сизлерге ең жақын жәрдемши, таяныш ҳәм сүйениш болады. Сизлер жаңалық ислеўден шаршамаң, мен қоллап-қуўатлаўдан шаршамайман,-деди Шавкат Мирзиёев.

Ушырасыўда додаланған мәселелер ҳәм усыныслардан келип шығып, Президент пәрманы қабыл етилетуғын болды. Бул пәрмандағы жеңилликлер қосымша ҳүжжетлерди күтпестен тиккелей әмелиятқа киргизиледи.