Трамп пенен Путин сөйлесиўлери қалай жуўмақланды?

278

АҚШ ҳәм Россия президентлери сийшемби күни узақ даўам еткен телефон қоңыраўы пайытында Украинадағы «барлық энергия ҳәм инфраструктура мәселелери бойынша дәрҳал оқ атыўды тоқтатыў» ҳаққында келисип алды, деп хабар бермекте Казинформ.

«Россия президенти Путин менен бүгинги телефон арқалы сөйлесиўимиз жүдә жақсы ҳәм нәтийжели болды. Биз энергетика ҳәм инфраструктураның барлық тараўларында тез арада келисип алдық, себеби бул келисимди толық жуўмақлаў ушын тез арада ҳәрекет етемиз», – деп сөйлесиўлердиң нәтийжелери ҳаққында унамлы пикир билдирди Ақ үй басшысы.

«Тынышлық шәртнамасының көплеген элементлери, соның ишинде, мыңлаған әскерлер қайтыс болатуғынын, президент Путин де, президент Зеленский де оның тамам болыўын қәлейтуғынын додалаған» ҳәм «тынышлық процеси енди толық күшке кирди ҳәм биз адамзаттың мәпи ушын өз жумысымызды орынлаймыз деп үмит етемиз!», – делинеди деректе.

Сондай-ақ, еки мәмлекет басшылары жақын Шығыстағы жағдай ҳәм келешектеги келиспеўшиликлердиң алдын алыў бойынша потенциал бирге ислесиўди додалап, стратегиялық қураллардың тарқалыўын тоқтатыў зәрүрлигин атап өтти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги