«Дүньяда жасалма интеллект, инновация, санлы ҳәм жасыл технологиялар, креатив хызметлер арқалы «үлкен секириў» болмақта.

329

Елимиздиң бийтәкирар тәбияты, таў ҳәм жайлаўлары, тарийхый естеликлери – кино индустриясы, концерт-тамаша жумысы ҳәм туризмде жаңа жойбарларды әмелге асырыў ушын үлкен имканият», деди мәмлекетимиз басшысы.

Мәселен, «Ийшан қала» тарийхый кино ҳәм сериал алыў ушын таяр сахна. Көп мәмлекетлер бундай сахна павильонын қурыўға миллионлаған доллар жумсап атыр.

Ямаса, Самарқанд, Бухара, Шахрисабз, Қоқанд, Наманган сыяқлы ири қалаларымызда халықаралық көргизбе, форум ҳәм концертлер өткериў ушын барлық имканиятлар бар.

«Мен де,  мине усындай тараўларда жойбар ислеймен, деген умтылыўшаң исбилерменлерге ең қолайлы шараятлар жаратып бериўге таярман», деди мәмлекетимиз басшысы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги