Ҳәзирги ўақытта барлық категориядағы исбилерменлерге жумысын тоқтатыў ушын бирдей талап белгиленген. Яғный, үлкен бе, киши ме, ҳәммеси финанс аудиттен өтиўге мәжбүр. Ақыбетинде, ықтыярлы түрде сапластырыўға арза берген мыңлаған киши кәрханалар қашан тексериўши келип, аудит өткериўин күтип тур

337

Соның ушын бул процесс те әпиўайыластырылатуғыны жәрияланды. Соңғы үш жыллық айланысы 10 миллиард сумнан аспаған, салықтан қарызы болмаған кәрхананы ықтыярлы сапластырыўда тексериў өткерилмейди.

2028-жыл 1-январьға шекем ҚҚС ҳәм пайда салығы ставкасы арттырылмаўы белгилеп қойылған.

“Ендигиден былай киши ҳәм орта бизнеске қосымша талап ҳәм миннетлеме жүклейтуғын нормативлик ҳүжжетлерди қабыл етиўге де үш жыллық мораторий жәрияланады.

Фермерлер ушын да әҳмийетли жаңалық – салықтан қарызын ўақтында төлей алмағаны ушын усы ўақытқа шекем жыйналып қалған 1 триллион сумлық пеняны өндириўден ўаз кешиледи.”

– деди Президент.