Президентимиз исбилерменде жаңалық жаратыў, өзине түсер баҳасны түсириў, сапасын жақсылаў арқалы жаңа базарларға шығыўға умтылыс барған сайын күшейип атырғанын атап өтти

247

Бирақ олардың ҳәммеси де бул ушын қай жерге барып, кимге ушырасыў, кай жерден қәниге, жаңа технология алып келиўди билмейтуғыны атап өтилди.

Сонлықтан 20 районда киши ҳәм орта санаат кәрханаларын раўажландырыў бойынша жойбар офислери шөлкемлестириледи. Оларға сырт елли инженер, технолог, дизайнер, бухгалтер ҳәм маркетологлар алып келинеди. Бул мақсетлерге усы жылдың өзинде 100 миллиард сум ажыратылыўы белгиленди.

Жойбар офислери кәрханаларға өзине түсер баҳасны түсириў, сапа ҳәм технологияны жақсылаўға, оларды кеңейтип, санаат дәрежесине алып шығыўға жәрдемлеседи.

Буннан тысқары, киши бизнесте жаңа «драйвер» болатуғын үскене ҳәм инвентарьлар, медициналық қураллар, электроника санааты, логистика сыяқлы тараўларда исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў бойынша өз алдына бағдарламалар қабыл етиледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги