Қарақалпақстан, Жиззақ, Ташкент ҳәм ойпатлық ўәлаятларында 5,2 мың гектар жерди бир пүтин ҳалда саўдаға шығарып, 49 жылға ижараға бериў басланды

323

Бул жерде исбилерменлерге өзи қәлеген егинди егип, бир бөлегине сақлаў, сайлап алыў, қадақлаў қуўатлықларын қурыўға да рухсат берилди.

Енди усы жылдың өзинде және 30 мың гектар жерлер жаңа система тийкарында саўдаға шығарылады.

Жақында “Өзагро-стар” холдинг компаниясы шөлкемлестирилди. 9 банк бул холдинг қурамында мийўе-овош жетистириўге қәнигелескен 16 компания ашты.

Бул компаниялар ҳәр бир ўәлаятта мийўе-овошларды қайта ислейтуғын агросанаат комплексин қурады. Оған дәслепки басқышта және 200 миллиард сум бериледи.