Президентимиз 2025-жыл ушын тараўдағы тийкарғы мақсет ҳәм ўазыйпаларға тоқтап өтти

398

Булар:

– киши ҳәм орта бизнестиң экономикадағы үлесин 55 процентке көтерип, 70 миллиард долларлық қосымша қун жаратыў;

– жаңа базарларға кирип барыўда транспорт, сертификат ҳәм стандарт мәселелерине жәрдемлесип, киши бизнес экспортын өткен жылғы 9 миллиардтан 12 миллиард долларға алып шығыў;

– ишимлик суўы, канализация, жол қурылысы, коммунал хожалығы, жеткерип бериў, утилизация, миграция, мәденият ҳәм социаллық хызметлерде киши бизнестиң үлесин 2-3 есеге арттырыў;

– 1,5 миллион турақлы жумыс орнын шөлкемлестирип, тараўда бәнт халықтың үлесин 75 тпроцентке жеткериў;

100 ден көп жумысшысы бар кәрханаларды 4 мыңға алып шығыў;

– киши бизнесте жаңа 100 бренд өним шығарыўды жолға қойыў;

– киши бизнес қатнасыўында 200 стартап жойбарды қаржыландырыў.

Қарақалпақстан хабар агентлиги