Өзбекстан Президенти усы жылдың 11-февраль күни Франция Президенти Эммануэл Макронның мирәт етиўине бола мәмлекетлик сапар менен Париж қаласына барды. Елисей сарайында болып өткен сөйлесиўлер нәтийжесинде мәмлекет басшылары еки мәмлекет арасында стратегиялық шериклик қатнасықларын орнатыў ҳаққында тарийхый қарарға келди.
Франция парламенти төменги палатасының басшысы Жаңа Өзбекстанда «Инсан мәплери ҳәмме нәрседен үстин» деген идея тийкарында әмелге асырылып атырған демократиялық жаңаланыўлар, ўәкилликли уйымлардың ролин, ҳаял-қызлар, балалар, жаслар ҳәм майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары, сондай-ақ, экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеўдиң кепилликлерин күшейтиў бағдарындағы жумысларды жоқары баҳалады.
Сапар даўамында Өзбекстан Президенти Францияның жоқары сыйлығы – «Ҳүрметли легион» ордени менен сыйлықланды. Францияда бул орден айрықша хызметлердиң мәмлекет дәрежесинде тән алыныўы ҳәм ҳүрметтиң ең жоқары белгиси есапланады. Бул сыйлықлаў бизиң мәмлекетимизге деген үлкен ҳүрметти аңлатады.
Сондай-ақ, Президент Шавкат Мирзиёевтиң БМШтың Билимлендириў, илим ҳәм мәденият мәселелери бойынша шөлкеми (ЮНЕСКО) бас директоры Одри Азуле менен сәўбетлесиўи, БМШ системасындағы бул абырайлы структура менен нәтийжели бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў мәселелери, сондай-ақ, усы жылдың гүз мәўсиминде Самарқанд қаласында шөлкем Бас конференциясының 43-сессиясына таярлық көриў ҳәм оны өткериўдиң әмелий жақларын додалаўы бул еки мәмлекет арасындағы дослық ҳәм шериклик қатнасықлардың буннан былай да күшейиўи, мәмлекетлеримиз арасында мәдений қатнасықларының беккемлениўинен дерек береди. Франциялы алымлардың бизиң ертек келбетли диярымызға қызығыўшылығы артып, дослық ҳәм шерикликте раўажланыўға қол берисип атырғаны қуўанарлы, әлбетте.
Қарақалпақстан, Самарқанд, Бухара, Хийўа киби муқаддес орынларымыздың пүткил дүньяның нәзерине түскен тарийхый естеликлери, жер баўырында еле өзиниң екинши өмирин күтип жатырған археологиялық қазылма байлықлары «Үшинши ренессанстың» қамар белбаўы болары сөзсиз. Мәмлекетимиз Мәдений байлықларды сақлаў ҳәм реставрациялаў бойынша халықаралық орайға ағза болды. Бухара “Креатив қалалар тармағы”на қосылды. Самарқандтағы Жипек жолы университетинде ЮНЕСКО кафедрасы ашылды. Өткен жылы билимлендириў, мәденият, санлы ҳәм инновациялық технологиялар тараўларында 7 жаңа жойбарды әмелге асырыў басланды.Туран шөллери ҳәм Зарафшан-Қарақум коридоры, пиллешилик, гүлалшылық, рубаб шертиў ҳәм ифтарлық дәстүрлери, “Бухара әмири дийўанханасы архиви”, “Түркстан альбомы”, “Худайберген Девонов фотоальбомы” ЮНЕСКОның арнаўлы дизимлерине киргизилиўи бизиң миллий мәдениятымызды, уллы тарийхымызды дүньяға танытып ғана қоймастан, дүнья еллериниң де илимий ҳәм мәдений раўажына үлкен үлес қосады.
Президентимиздиң Францияға қылған сапары халықлардың татыў-тыныш, дослықта, шерикликте мийнет етип, инсан мәплерине хызмет ететуғын жойбарларды биргеликте орынлаўға беккем фундамент салды. Бул фундамент келешек ушын беккем таяныш ҳәм үлкен исеним.
Алмагул Байриева,
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты,
ӨзЛиДеП фракциясының ағзасы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги