Мәмлекетлик сатып алыўларда кооперациялық байланысларды орнатыў бойынша бир пүтин ҳәм ашық-айдын система жаратылады

185

Ҳүкимет қарары менен «Корпоративлик буйыртпашылардың исбилерменлик субъектлери менен кооперациялық байланысларын орнатыў ҳәм бул процессте мәмлекетлик сатып алыўларды әмелге асырыў тәртиби ҳаққында»ғы нызам тастыйықланды.

Реже корпоративлик буйыртпашылар менен исбилерменлик субъектлери арасында ықтыярлы тийкарда кооперациялық байланысларды орнатыў ҳәм бул процессте мәмлекетлик сатып алыўларды әмелге асырыў тәртибин белгилейди.

Режеде төмендегилер нәзерде тутылған:

– корпоративлик буйыртпашылар тәрепинен импорт етилиўи  режелестирилген өнимлердиң дизимин қәлиплестириў ҳәм жәриялаў;

– кооперациялық байланысларды орнатыў ушын исбилерменлердиң усынысларын қабыл етиў тәртиби ҳәм оларды баҳалаў критерияларын белгилеў;

–  исбилерменлер менен кооперациялық байланысларды орнатыў бойынша келисим дүзиў;

– кооперациялық байланысларды орнатқан исбилерменлердиң өнимлерин мәмлекетлик буйыртпашыларға сатыў имканиятларын жаратыў.

Кооперациялық байланысларды орнатыў ушын корпоративлик буйыртпашының басқарыў уйымларының қарарына муўапық басқарыў хызметкерлери арасында кеминде бес ағзадан ибарат қурамда комиссия дүзиледи.

«Киши бизнеске жәрдемлесиў орайы» ЖШЖ киши исбилерменлик субъектлерге кооперациялық байланысларды орнатыў бойынша бизнес жойбарларды ислеп шығыўға жәрдемлеседи.

ӨзА