AFD «жасыл» экономиканы қоллап-қуўатлаў мақсетинде Өзбекстанға 200 миллион евро ажыратады

245

Бул ҳаққында Экономика ҳәм қаржы министрлиги мәлимлеме системасы мәлим етти. Онда атап өтилиўинше, Өзбекстан Франция раўажланыў агентлиги (AFD) менен  биргеликте «Жасыл экономика сиясатын кредитлеў бағдарламасы»н әмелге асырмақта.

Бағдарлама шеңберинде қазылма  жанылғы субсидияларын қысқартыў, ыссыхана газлери шығындыларын азайтыў ҳәм экологиялық турақлылыққа бағдарланған салық ҳәм бюджет сиясаты механизмлерин енгизиў режелестирилген. Сондай-ақ, ыссыхана газлери шығындыларын бақлаў ҳәм есабат жүргизиў системасы енгизилмекте.

AFD тәрепинен Өзбекстанға қаржылай жәрдем ажыратылмақта. 2022-жылы мәмлекетлик бюджетке 150 миллион евро ажыратылған болса, 2023-жылы 125 миллион евролық кредит шәртнамасына қол қойылды. Бул қаржының 80 миллион евро бөлеги 2023-жылдың өзинде, қалған 45 миллион евро болса 2024-жылы өзлестирилетуғыны белгиленген. 2025-2026-жылларда болса және 200 миллион евро муғдарында қаржы ажыратылыўы режелестирилген.

Сондай-ақ, Европа Аўқамы ҳәм AFD менен биргеликте «Жасыл» экономикаға  техникалық жәрдем бағдарламасы»  (GETAP) ислеп шығылған. Бул қаржылардың 4,3 миллион евро бөлеги AFD топарының техникалық бирге ислесиў тараўына қәнигелескен сектор кәрханасы – «Expertise France» шөлкемине бағдарланған. GETAP бағдарламасы  2026-жылдың ақырына шекем даўам етеди ҳәм пүткил реформа процесинде турақлы жәрдем көрсетеди.

«Expertise France» шөлкеми Экономика ҳәм қаржы министрлиги ҳәм AFD менен биргеликте  техникалық жәрдем көрсетип, «жасыл» реформалардың комплексли түрде әмелге асырылыўына жәрдем бермекте. Бул басламалар Өзбекстанның  турақлы экономикалық раўажланыўын тәмийинлеў ҳәм төмен углеродлы келешекке өтиўди тезлестириўге хызмет етеди.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА