Олий Мажлис Сенатының бесинши жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирмекте
251

Бүгин, 2025-жыл 18-март күни, Ташкент қаласында Сенаттың бесинши жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирди.
Онда, Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм уйымлардың ўәкиллери, жергиликли Кеңес депутатлары, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнаспақта.
Жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Танзила Норбаева алып бармақта.
Жалпы мәжилисте көрип шығылатуғын мәселелерди Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы онлайн бақлап барыўыңыз мүмкин.
Қарақалпақстан хабар агентлиги