Өзбекстан Президенти АҚШ Конгресси делегациясын қабыллады

174

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Америка Қурама Штатлары Конгрессиниң ағзасы, Өзбекстан менен бирге ислесиў бойынша парламент кокусы қатнасыўшысы Кэрол Миллер басшылығындағы делегацияны қабыллады.

Өзбекстан менен АҚШ арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиў қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Ушырасыў басында парламент ағзасы мәмлекетимиз басшысына АҚШ президенти, Конгресс басшылығы ҳәм Өзбекстан бойынша кокус ағзаларының сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Еки тәреплеме бирге ислесиўде жоқары дәрежеге ерисилгени үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Жедел сиясий сөйлесиўлер ҳәм уйымлараралық алмасыўлар даўам етпекте. Кейинги жылларда товар алмасыў ҳәм инвестициялардың көлеми бир неше есеге артты, бизнес кооперациясы күшеймекте.

Ташкент қаласында Вебстер университети ҳәм Америка технология университети жумыс алып бармақта.

Буннан тысқары. тарнспорт, бажыхана, миграция, мәденият ҳәм басқа да әҳмийетли бағдарларда өз-ара пайдалы бирге ислесилмекте.

Кэрол Миллер Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалар стратегиясы, соның ишинде, экономиканы модернизациялаў, демократиялық институтларды, бәринен бурын, парламентти беккемлеў, гендер теңлигин тәмийинлеў бағдарындағы жумыслардың нәтийжелерин жоқары баҳалады.

Экономикалық ҳәм инвестициялық жойбарларды, соның ишинде, таў-кән, санаат, энергетика, аўыл хожалығы тараўларындағы жойбарларды қоллап-қуўатлаў ҳәм алға қойыў мақсетинде парламентлераралық бирге илсесиўди кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.

Өзбекстан аймақларының Америка штатлары менен шериклик байланысларын жолға қойыў зәрүрлиги атап өтилди.

Регионаллық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер ҳәм Аўғанстандағы жағдай бойынша да пикир алысылды.

ӨзА