Өзбекстан сайланды командасы неше упай топласа мундиалға шығады?
2026-жылғы Жәҳән чемпионаты сайлап алыўының 3-басқышында Өзбекстан сайланды командасы «А» топарында Иран, Қатар, Бирлескен Араб Әмирликлери (БАӘ), Қырғызстан ҳәм Арқа Корея (КХДР) командалары менен беллеспекте.
Бул басқышта ҳәр бир топарда 6 команда қатнасады ҳәм олар үй-сапар системасында өз-ара ойынлар өткереди, жәми 10 тур. Топарда дәслепки еки орынды ийелеген командалар тиккелей Жәҳән чемпионатына жолламаны қолға киргизеди. 3-ҳәм 4-орынларды ийелеген командалар болса қосымша сайлап алыў басқышларында қатнасады.
Әдетте, топарда 1-ямаса 2-орынды ийелеў ушын шама менен 18-20 упай топлаў талап етиледи. Бул болса кеминде 5-6 жеңис ҳәм бир неше теңбе-тең нәтийжелерге ерисиўди аңлатады. Бирақ, анық неше упай кереклигин алдыннан айтыў қыйын, себеби бул қарсыласлардың нәтийжелерине де байланыслы. Соның ушын, Өзбекстан сайланды командасы илажы барынша көбирек упай топлаўға умтылыўы керек.
Ҳәзирги күнде, 2025-жыл 18-март жағдайына бола, Өзбекстан сайланды командасы 6 ойын өткерип, 13 упай топлаған ҳәм топарда екинши орында бармақта.
Алдымызда және 4 ойын бар, оларда ўәкиллеримиз еки жеңиске ериссе Жәҳән чемпионатына шығыў имканиятын арттырады.
Еслетип өтемиз, сайланды командамыз 20-март күни саат 21:00 де Бунёдкор стадионында Қырғызстан менен ойнайды.
2025-жыл
7-тур. 20-март. Өзбекстан – Қырғызстан
8-тур. 25-март. Иран – Өзбекстан
9-тур. 5-июнь. БАӘ – Өзбекстан
10-тур. 10-июнь. Өзбекстан – Қатар
Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы