Тынышлық орнатылыўы күтилип атырған бир ўақытта…

324

РФ әскерлери Украина күшлери тәрепинен ийелеп алынған Курск ўәлаятындағы әҳмийетли қала Сужа қайтып алынғанын мәлим етти. Буннан алдын Кремль бул Украинаны шегара арқалы кирип келинген аймақтан шығарыў әмелияты  жуўмақлаўшы басқыш екенин айтқан еди.

ВВСдиң жазыўынша, Путин сәршемби күни күтилмегенде Курскқа барды. Украина армиясы басшысы Александр Сирский де Әскерлердиң бир бөлеги Курсктан алып кетилип атырғанын тастыйықлады.

Бул ўақыя АҚШ рәсмийлери Украина менен 30 күнлик келим дүзиўди додалаўға Россияға баратырған ўақытта жүз берди.

Президент Владимир Зеленский мәмлекет шериклер менен тынышлық жолында «илажы барынша тезирек» ислеўге «қатаң таяр екени»н билдирген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги