Енди тәлим гранты студентлердиң өзлестириўине қарап ҳәр жылы қайта бөлистириледи

Өзлестириў көрсеткишине қарап студентлерге грантларды қайта бөлистириў тәртиби тастыйықланды. Бул ҳаққында Ҳүкиметтиң Жоқары билимлендириў шөлкемлеринде студентлерге грантларды бериў ҳәм қайта бөлистириў тәртиби ҳаққындағы режесинде сөз болады.
Ҳүжжетке бола, тәлим грантына талабанлардан усы оқыў жылында өзлестириў көрсеткиши бойынша GPA көрсеткиши 3,5 ҳәм оннан жоқары болыўы талап етиледи. Өзлестириўи усы көрсеткиштен төмен болған студентлердиң тәлим грантын дифференцияласқан түрде қайта бөлистириўде қатнасыўына руқсат етилмейди ҳәм тәлим гранты орны вакант қалады.
Тәлим грантына талабанлар ушын жоқары билимлендириў шөлкеминиң рәсмий веб-сайтында онлайн дизимнен өтиў ҳәм ерискен жетискенликлерин тийкарлаўшы ҳүжжетлерди жүклеў имканияты жаратылады.
Тәлим грантына талабанлардың жәмийетлик белсендилик көрсеткиши 20 баллы өлшемде баҳаланады, онда баҳалаў нормасына тийкарланып есапланған нәтийжени «5» санына бөлиў арқалы анықланады.
Белгиленген тәлим гранты орынлары шеңберинде таңлаў шегарасында бирдей нәтийже көрсеткен талабанлардың академиялық өзлестириў көрсеткишине үстинлик бериледи. Егер өзлестириў көрсеткишинде де бирдей нәтийже анықланған жағдайда усы талабанлар ушын өзлестирилген семестрлерде өтилген қәнигелик пәнлеринен тест сынақлары өткериледи.
Жоқары билимлендириў шөлкеми кеңесиниң қарарына тийкарланып тәлим грантын алыўшы студентлер дизими ҳәр жылы 25-августқа шекем жоқары билимлендириў шөлкеминиң рәсмий веб-сайтында жәрияланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги