Олий Мажлис Сенатының бесинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады

223

Бүгин, 17-март күни, Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының бесинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.

Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм уйымлардың ўәкиллери, жергиликли Кеңеслердиң депутатлары, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнаспақта.

Жалпы мәжилисти Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоева алып бармақта.

Жалпы мәжилисте мәселелерди додалаў процесин Сенаттың YouTube тармағындағы  (https://www.youtube.com/watch?v=2z6Wjf3IhYU)  бети арқалы онлайн бақлап барыўыңыз мүмкин.

Қарақалпақстан хабар агентлиги