Қарақалпақстанға Корея компаниялары қызығыўшылық билдирмекте

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Корея мәмлекетинен келген KIDL компаниясының баслығы Ким Дже Ён, Panapinto көшпес мүлкти раўажландырыў компаниясының директоры Ким Сон Ил, Mythings автоматластырылған басқарыў системасы компаниясының директоры Ли Сан Хо ҳәм басқа да онлаған компания ўәкиллеринен ибарат делегация менен ушырасты.

Ушырасыў даўамында ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған айрықша итибары, халықтың абаданлығын тәмийинлеў, исбилерменликти раўажландырыў ҳәм инвестициялық орталықты жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди. Сондай-ақ, регионға берилген инвестициялық жеңилликлер ҳәм бар потенциал ҳаққында да сөз болды.
Сөйлесиўде аўыл хожалығы, атап айтқанда, ыссыхана шараятында интенсив усылда жоқары зүрәәт алыўды жолға қойыў, альтернатив энергия дәреклеринен пайдаланыў, музлатқышлы қоймаханалар қурыў, аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў ҳәм агрологистика бағдарларында бирге ислесиў мәселелери додаланды. Сондай-ақ, Корея мәмлекети менен қурылыс, IT, билимлендириў тараўларын раўажландырыў, ири өндирислик кәрханаларды шөлкемлестириў сыяқлы мәселелер бойынша да пикир алысты.

Жоқарғы Кеңес Баслығы Қарақалпақстанда жаңа жойбарларды әмелге асырыў бәрқулла қоллап-қуўатланатуғынын ҳәм инвесторлардың жумыс орынларын жаратыўға қаратылған басламалары ушын барлық имканиятлар жумсалатуғынын атап өтти. Ушырасыў нәтийжелерине бола, келешекте анық жойбарларды әмелге асырыў бойынша бирге ислесиўди даўам еттириў бойынша келисимге ерисилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги