Сенаттың гезектеги жалпы мәжилиси қашан болатуғыны мәлим етилди

Олий Мажлис Сенаты кенгаши гезектеги мәжилиси болып өтти. Сенат Баслығы Танзила Норбоева алып барған мәжилисте атап өтилгениндей, жалпы мәжилис видеоконференцбайланыс системасынан пайдаланған ҳалда өткериледи. Онда бир қатар мәселелерди додалаў нәзерде тутылған.
Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен Коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңеси мәжилисинде белгилеп берилген баслы бағдарлардан келип шығып, Сенат ҳәм халық депутатлары жергиликли кеңеслери алдында турған ўазыйпалар көрип шығылады.
Сондай-ақ, Суў кодексин тастыйықлаў, аўыл хожалығы тәўекелшиликлерин қамсызландырыў, кредиторлардың гиреў менен тәмийинленген талапларын қанаатландырыў системасын және де жетилистириўге байланыслы әҳмийетли нызамлар додаланады.
Сенаторлар тәрепинен зергерлик санаатын және де раўажландырыў ҳәм жолларда ҳәрекетлениў қәўипсизлигин тәмийинлеўге ҳәм жәмийетлик транспорттан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған нызамлар да көрип шығылады.
Буннан тысқары, жалпы мәжилисте судлар жумысының ҳәм пуқаралар ҳуқықлары менен еркинликлериниң кепилликлерин күшейтиўге, қамаққа алынғанларға қыйнаў жағдайларының алдын алыўға қаратылған нызамларды да додалаў режелестирилмекте. Жалпы мәжилис күн тәртиби шеңберинде Олий Мажлис Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкил (Омбудсман)диң, Бала ҳуқықлары бойынша ўәкили (Балалар омбудсманы)ниң 2024-жылдағы жумысы бойынша есабатларын тыңлаў режелестирилген.
Сондай-ақ, бир қатар халықаралық шәртнамаларды ратификациялаў, өзин-өзи бәнт етиў тәртибинде мийнет етиўди әмелге асырыўдың айырым мәселелери бойынша ҳүкиметке жиберилген парламент сораўының нәтийжелери ҳаққындағы мәселелер де мәжилис күн тәртибинен орын алған.
Жалпы мәжилисте көрилетуғын мәселелер мәмлекетимизде алып барылып атырған реформалардың бас өлшеми – инсан қәдири ҳәм мәмлекетимизде инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин кепилликли тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслардың ҳуқықый-нормативлик тийкарларын және де беккемлеўге хызмет етеди.
Мәжилисте Сенаттың бесинши жалпы мәжилисин 2025-жыл 17-март күни шақырыў ҳаққында қарар қабыл етилди.
Н.Абдураимова, ӨзА