Алтын «аспанға шықпақта»

468

Бүгин алтын баҳасы жаңа шоққыны ийеледи, баҳалы қағаз ҳәм шийки нефть болса глобал саўда урысының күшейиўи тийкарында барған сайын төменлемекте. Экономикалық ҳәм сиясий анықсызлығы себепли қаржы базарында тәўекелшилик үлеси ҳүкимдар, қаржы қәўипли активлерден узақласпақта.

«Euornews»тиң жазыўынша, алтын фьючерси 1,5 процент қымбатлап, тарийхта биринши мәрте унция ушын 3000 долларға көтерилди.

Трамптың тарифлер менен байланыслы сиясаты ҳәм гиосиясий кескинлик шараятында қәўипсиз активке талап артқан. АҚШтың қоңсылас мәмлекетлер менен бажы мәселесиндеги тартысыўының ҳәўиж алыўы себепли глобал экономикалық көринис те өзгерип атырғандай.

Америка Президенти полат ҳәм алюминий импортына 25 процентлик улыўма бажы енгизди. Канада ҳәм Европа Аўқамы буған жуўап шарасын қолланбақта. Әййемги материктиң океан артынан кирип киятырған вискиге қосымша салық салыў режесине жуўап ретинде, Трамп ЕА виносы ҳәм басқа да спиртли ишимликлерге 200 процент тариф енгизиў менен қорқытты.

Мусулмон Зиё, ӨзА