«Жаслар туризми ҳәптелиги» өткериледи

363

Усы жылдың 20-30-март күнлери Наўрыз байрамы мүнәсибети менен Туризм комитети тәрепинен «Жаслар туризми ҳәптелиги» илажлары өткериледи. Ҳәптелик шеңберинде 7 жастан 30 жасқа шекемги оқыўшы, студент ҳәм жаслар республикамыздың дыққатқа ылайық орынларына саяхат етиўи мүмкин.

Бул ҳәптелик шеңберинде республикамыздағы жайластырыў қураллары ҳәм аўқатланыў шақапшалары тәрепинен 20 процентке шекемги шегирмелер енгизилди.

Сондай-ақ, «Вақф» қайырқомлық фонды тәрепинен елимиздеги 182 зыярат орны ҳәм муқаддес орынларда бийпул саяхат етиў, музей ҳәм зыярат орынларына кириў билетлери ушын 50 процентке шекемги шегирмелер белгиленген.

Муҳайё Тошқораева,

ӨзА