Өзбекстан Президентиниң Францияға мәмлекетлик сапары жуўмақланды

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Франция Республикасына тарийхый мәмлекетлик сапарының илажларға бай бағдарламасы жуўмағына жетти.
Мәмлекетимиз басшысы Париж қаласында Франция Президенти Эммануэль Макрон менен нәтийжели сөйлесиўлер өткерди.


Саммит соңында Стратегиялық шериклик қатнасықларын орнатыў ҳаққында биргеликтеги декларация, сондай-ақ, бирге ислесиўдиң ҳәр қыйлы бағдарлары бойынша келисимлердиң салмақлы топламы қабыл етилди.
Президентимиз Францияның жетекши компания, банк ҳәм шөлкемлериниң басшылары менен дөгерек сәўбетинде қатнасты. Улыўма баҳасы 6,5 миллиард доллар болған анық кооперациялық жойбарларды әмелге асырыўды нәзерде тутатуғын Инвестициялық ҳәм инновациялық тараўларда бирге ислесиў бағдарламасы қабыл етилди.


Еки тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыўға қосқан салмақлы үлеси ушын Өзбекстан Республикасы Президенти Франция Республикасының жоқары сыйлығы – Ҳүрметли легион ордени менен сыйлықланды.
Сапар шеңберинде Франция Миллий мәжилисиниң Баслығы Яэль Браун-Пиве ҳәм Париж қаласының мэри Анн Идалгьо менен ушырасыўлар өткерилди. Париж қаласының көшелеринен бирине Самарқанд атын бериўге бағышланған мәресим болды.


ЮНЕСКО Бас директоры Одри Азуле менен сөйлесиўлерде бирге ислесиўди және де раўажландырыў перспективалары ҳәм шөлкем Бас конференциясының Самарқанд қаласындағы 43-сессиясына таярлық көриў мәселелери додаланды.
Сапардың илажлары жуўмақланғаннан соң, «Орли» халықаралық аэропортында мәмлекетимиз басшысын Франция спорт ҳәм жаслар министри Мари Барсак ҳәм басқа рәсмий шахслар шығарып салды.



Мәмлекетимиз басшысы Ташкентке жөнеп кетти.
ӨзА