Францияның жетекши басылымы Өзбекстанның басқарыў тараўындағы реформаларын атап өтти

Францияның жетекши басылымларынан бири «Le Figaro» Өзбекстанның басқарыў тараўындағы реформалары, Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында мәмлекетимизде әмелге асырылған әҳмийетли басламаларды сәўлелендирди.
Соның ишинде, Халық қабыллаўханалары ҳәм Виртуал қабыллаўхана – пуқаралар ҳәм ҳүкимет арасында тиккелей қарым-қатнасты тәмийинлеў, санлы платформалар – пуқаралардың мәмлекетлик сиясатты қәлиплестириўде қатнасыўы, Басламалы бюджет ҳәм «Ашық бюджет» порталы – жәмийетшиликтиң мәмлекет қәрежетлерин белгилеўдеги қатнасыўын тәмийинлеўи сыяқлы мәселелерге итибар берилген.
Ҳақыйқатында да, пуқаралық жәмийети ҳәм еркин ҒХҚны раўажландырыў, мәмлекетлик басқарыўда жәмийетшиликтиң мәплерин кепиллеў жолындағы реформалар Өзбекстандағы демократиялық раўажланыўдың тарийхый басқышы болып, Орайлық Азиядағы мәмлекетлер ушын жаңа үлги жаратпақта. «Le Figaro» баслымында усы мәселелерге де итибар берилген.
А.РУСТАМОВ, ӨзА