Йемен Израильға тийисли кемелердиң ҳәрекетин шекледи

280

Йемен Қураллы күшлери Қызыл теңиз, Араб теңизи, Баб ал-Мандаб қолтығы ҳәм Адан қолтығында Израильға қараслы ҳәр қандай кеме ҳәрекети  қадаған етилетуғынын жәриялады.

«Irna news»тиң жазыўынша, бул илаж арқалы Палестина халқын қоллап-қуўатлаў ҳәм Газадағы қамалды жуўмақлаў мақсет етилген.

Буннан алдын Йеменниң Ансоруллаҳ ҳәрекети халықаралық дәлдалшылар – АҚШ, Қатар ҳәм Египетти секторға жәрдем бериўди қайта тиклеўге шақырыў ушын төрт күнлик мүддет белгилеген. Болмаса Израиль режимине қарсы теңиз әмелияты қайта басланатуғыны айтылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги