2025-2026-оқыў жылы бакалавриат қабыллаў имтиханларында қандай өзгерислер бар?

Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң тийисли буйрығына бола, 2025-2026-оқыў жылы ушын республика жоқары билимлендириў орынларының бакалавриат тәлим бағдарларына қабыллаўда тест сынағы тапсырылатуғын пәнлер бойынша тест тапсырмалары саны ҳәм баҳалаў критериялары белгиленди. Бул критериялар өткен жылғы қабыллаў тәртибине сәйкес түрде өзгериссиз қалдырылды.
Оған бола:
Барлық тест тапсыратуғынлар ушын мәжбүрий 3 пән:
Ана тили (өзбек, рус, қарақалпақ) x 10;
Математика x 10;
Өзбекстан тарийхы x 10;
30 сораў ушын 1,1 баллдан жәми 33 балл.
Бакалавриат тәлим бағдарына сәйкес болған 2 пән:
1-пән: 30 сораў x 3.1 балл = 93.0 балл
2-пән: 30 сораў x 2.1 балл = 63.0 балл
60 сораўдан жәми 156,0 балл.
2025-2026-оқыў жылы қабыллаўында абитуриентлерге улыўма 5 пән бойынша жәми 90 тест тапсырмасы бериледи. Бунда топланатуғын максимал балл – 189 баллды қурайды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги