БМШ ўәкили Өзбекстанда инсан ҳуқықларын тәмийнлеў жолындағы ҳәрекетлерди тән алды

Олий Мажлис Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) Ф.Эшматова БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқарғы комиссары басқармасы Орайлық Азия регионаллық бөлиминиң инсан ҳуқықлары бойынша мәсләҳәтшиси О.Фишер менен ушырасты.
Ушырасыўда инсан ҳуқықларын қорғаў тараўында Өзбекстанда әмелге асырылып атырған жумыслар, усы бағдардағы нызамшылқтағы өзгерислер, Омбудсман институтының бул процесстеги роли ҳәм әҳмийети, жумыс бағдарлары ҳәм өз-ара бирге ислесиў мәселелери додаланды.
Сондай-ақ, халық арасында инсан ҳуқықлары бағдарында билимлерди арттырыў ҳәм ҳуқықый мәдениятын раўажландырыўға қаратылған басламалар бойынша пикир алысты.
О.Фишер Өзбекстанда инсан ҳуқықларын тәмийинлеў жолындағы ҳәрекетлерди тән алып, бирге ислесиўди және де беккемлеўге таяр екенлигин атап өтти.
Ушырасыў конструктивлик руўхта өтти.
Н.Абдураимова, ӨзА