Өзбекстан Президенти ЮНЕСКО бас директоры менен ушырасты

832

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 12-март күни Францияға мәмлекетлик сапары шеңберинде БМШтың Билимлендириў, илим ҳәм мәденият мәселелери бойынша шөлкеми (ЮНЕСКО) бас директоры Одри Азулени қабыллады.

БМШ системасындағы бул абырайлы структура менен нәтийжели бирге ислесиўди және де раўажландырыў мәселелери, сондай-ақ, усы жылдың гүзинде Самарқанд қаласында шөлкем Бас конференциясының 43-сессиясына таярлық көриў ҳәм оны өткериўдиң әмелий жақлары додаланды.

Көп тәреплемели шериклик бүгинги күнде жоқары дәрежеде екени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Өзбекстанның басламасы менен мәлимлемеден пайдаланыў ҳәм балалар билимлендириўи мәселелери бойынша резолюциялар қабылланды.

Мәмлекетимиз Мәдений байлықларды сақлаў ҳәм реставрациялаў бойынша халықаралық орайға ағза болды. Бухара «Креатив қалалар тармағы»на қосылды. Самарқандтағы Жипек жолы университетинде ЮНЕСКО кафедрасы ашылды. Өткен жылы билимлендириў, мәденият, санлы ҳәм инновациялық технологиялар тараўларында 7 жаңа жойбарды әмелге асырыў басланды.

Туран шөллери ҳәм Зарафшан-Қарақум коридоры, пиллешилик, гүлалшылық, рубаб шертиў ҳәм ифтарлық дәстүрлери, «Бухара әмири дийўанханасының архиви», «Түркстан альбомы», «Худайберген Девонов фотоальбомы» ЮНЕСКОның арнаўлы дизимлерине киргизилди.

Самарқанд қаласында болажақ Бас конференцияның 43-сессиясы соңғы 40 жыл ишинде биринши мәрте ЮНЕСКОның Париж қаласындағы резиденциясынан басқа орында өткериледи. Бул ўақыя шөлкемниң 80 жыллығына туўра келетуғынын атап өтиў керек.

Бас директор Одри Азуле Өзбекстан менен нәтийжели бирге ислесиўди жоқары баҳалап, болажақ илажға кең көлемли таярлық көрилип атырғаны ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирди.

Әмелий бирге ислесиў бағдарламаларын және де кеңейтиў, сондай-ақ, ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясы шеңбериндеги форум ҳәм илажларды шөлкемлестириў бойынша тығыз бирге ислесиўди даўам еттириўге келисип алынды.

ӨзА