Коррупцияға қарсы гүресиў кешиктирип болмайтуғын мәселе

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 5-март күни Коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңесиниң мәжилисинде қатнасты. Онда елимизде коррупциядан жырақ орталық жаратыў бойынша исленген жумысларға баҳа берилип, алдағы ўазыйпалар белгиленди.
Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде коррупция реформалар жолындағы ең үлкен тосқынлық екенин атап өтти.
Соның ушын соңғы жыллары бул иллетке қарсы гүресиў бойынша нызамлар қабыл етилип, жаңа система жаратылды. Парламент палаталарында жуўапкер комитетлер, Коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңеси ҳәм Агентлик шөлкемлестирилди.
Ең әҳмийетлиси, жәмийетте коррупция машқаласын жәмийетшиликтиң додалаўына алып шығатуғын ашық система, ашық-айдын орталық жаратылды. Әсиресе, ғалаба хабар қуралларының бул бағдардағы орны ҳәм тәсири артып бармақта.
Биринши гезекте, коррупциялық факторларға қарсы гүресилмекте. Мәселен, жерди ҳәким қарары менен ажыратыўдан толық ўаз кешип, аукцион системасына өткерилгени нәтийжесинде бул система халықшыл болды. “Ашық-айдын қурылыс” бағдарламасы енгизилгеннен кейин бул тараўда да унамлы өзгерислер сезилди.
Мәмлекетлик сатып алыўлар бойынша нызам қабыл етилгени, таңлаў ҳәм тендер санластырылып, саламат бәсеки болғаны себепли өткен жылы 14 триллион сум бюджет қаржысы үнемленди.
Бүгинги күнге келип, барлық банклер 100 миллион сумға шекем турмыслық кредитлерди инсан факторысыз 5 минуттың ишинде онлайн берип атыр. Нәтийжеде алдын бул жумыс пенен шуғылланған мыңлаған банкирлер енди мәҳәллеге түсип, адамларға жойбар, кредит усыныс етип, қарыйдарын көбейтиў менен ислемекте.
Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи системасында 10 нан аслам хызмет түрлери толық электрон түрге өткерилди. Бул тараўда мүрәжатлар саны 2,5 есеге азайды. Электрон мәмлекетлик хызметлер саны 15 есеге артып, 721 ге жетти, олардан пайдаланыўшылар болса, 11 миллионнан асты. Коррупциялық жынаятлардың 75 проценти район ҳәм мәҳәлледе турмыслық коррупция түринде жүз бермекте. Соның ушын енди Коррупцияға қарсы гүресиў аймақлық кеңеслериниң қурамы толық жаңаланады. Оларға халық депутатлары ўәлаятлық кеңесиниң баслықлары басшылық етеди.
Аймақлық кеңеслер коррупциялық факторларды анықлап, оларды сапластырыў ушын нызамшылықты өзгертиў, жазаның сөзсиз екенлигин тәмийинлеў бойынша Миллий кеңеске усыныс киргизеди. Коррупцияның алдын алыў – мәмлекетлик хызметке профессионал ҳәм пидайы кадрларды таңлаў және оларды «ҳадаллық вакцинасы» менен емлеўден басланады. Соның ушын жумысқа қабыллаўдағы тәртип ҳәм қатнасларды жетилистириў бойынша тапсырмалар берилди. Таза пикирли, коррупцияға төзимсиз жаңа әўладты тәрбиялаў мақсетинде билимлендириў мәкемелеринде ҳадаллық идеяларын сиңдириў, олардың басламаларын қоллап-қуўатлаў әҳмийетли екенлиги көрсетип өтилди. Олар шеңберинде 5 нызам, 12 пәрман ҳәм қарарлар ислеп шығылады. Коррупцияға қарсы гүресиўде парламент, Миллий ҳәм аймақлық кеңеслер, пуқаралық жәмийети институтларының роли арттырылады.
Ерисилген нәтийжелер халықаралық рейтинглерде мәмлекетимиздиң орнын жақсылайды. 2027-жылы UNCAC конференциясын өткериўге Өзбекстанның кандидатурасын мақуллаў ушын тийкар жаратады.
Ең әҳмийетлиси, халықтың, әсиресе, жаслардың ҳуқықый санасы арттырылып, жәмийетте коррупцияға қарсы гүресиўге үлес қосылады.
Адип Айбергенов, ӨзЛиДеп Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси аппарат баслығы,
Қарақалпақстан хабар агентлиги