Бас прокуратура: жәмийетимизди коррупциядан биргеликте тазалайық

335

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында коррупцияның алдын алыў бойынша жумыслардың нәтийжелилиги ҳәм келешектеги тийкарғы ўазыйпаларға бағышланған  кеңейтилген мәжилисте прокуратура уйымлары алдына әҳмийетли ўазыйпалар қойылды.

Системалы түрде жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәптеликлерин өткерип барыў, Бас прокурор ҳәм ишки ислер министрине ҳәр шеректе Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша миллий кеңес алдында, ўәлаят, район прокурорлары ҳәм ишки ислер баслықлары болса ҳәр айда аймақлық кеңеслерде есабат бериўи, жәмийетшиликке мүрәжат пенен шығыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.

Соннан келип шығып, Бас прокуратура халқымызға мүрәжат етип, жәмийетимизди коррупциядан биргеликте тазалаўға  шақырды.

Коорупция жағдайларына дүс келсеңиз, Бас прокуратураның «1161» санлы «исеним телефоны» ямаса «“@bpantikoruz_bot» телеграм боты арқалы мәлим етиң.

Бас прокуратура ҳәр бир мүрәжат жеделлик пенен көрип шығылатуғынын, оған нызамлы мүнәсибет билдирилетуғынын, ең әҳмийетлиси, мүрәжаттиң қәўипсизлиги толық кепилленетуғынын мәлим етти.

Н.Абдураимова, ӨзА