Парижде Өзбекстан-Франция туризм форумы шөлкемлестирилди

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Франция Республикасына мәмлекетлик сапары алдында Париж қаласындағы «Intercontinental» мийманханасында Өзбекстан – Франция туризм форумы ҳәм «Өзбекстан – Жипек жолының дүрданасы» презентациясы болып өтти.
Туризм комитети тәрепинен шөлкемлестирилген илажда Франция мәмлекетиниң туризм администрациясы, еки мәмлекеттиң исбилерменлик субъектлери, дипломатиялық корпус рәсмийлери, медиа ўәкиллери қатнасты.

Мақсет – Өзбекстан ҳәм Франция арасында туризм тараўындағы байланысларды жаңа басқышқа алып шығыў, исбилерменлер арасында жедел байланысларды жолға қойыў ҳәм мәмлекетимизге туристлер ағымын арттырыў.

«Өзбекстан – Жипек жолының дүрданасы» презентациясында мийманларға мәмлекетимиздиң туризм тараўындағы перспективалары ҳәм туристлик инфраструктураны раўажландырыўға қаратылған ҳәрекетлер, туристлер ушын және де қолайлы шараят жаратыў мақсетинде әмелге асырылып атырған жаңалықлар ҳаққында презентация өткерилди.

«Uzbekistan Airways» авиакомпаниясы тәрепинен логистика имканияты ҳәм ҳәзирги авиақатнаўлар ҳаққында мағлыўмат таныстырылды. Сондай-ақ, компанияның туризмди раўажландырыўдағы орны ҳәм Өзбекстанға келиўши туристлерге жоқары сапалы хызмет көрсетиў ушын жаңа имканият ҳәм бағдарлар ҳаққында сөз болды.

Еки мәмлекет бизнес ўәкиллериниң қатнасыўында өткерилген «В2В» ушырасыўлары шеңберинде исбилерменлик байланыслары орнатылды, бирге ислесиў имканиятлары додаланды ҳәм туристлер ағымын арттырыў бойынша өз-ара келисимлерге ерисилди.
Бул сөйлесиўлер еки мәмлекеттиң туризм тараўы исбилерменлерине бирге ислесиўди орнатыў ҳәм жаңа жойбарларды раўажландырыў ушын жақсы имканият жаратады.

Сондай-ақ, Франция туристлик компанияларының ўәкиллери форум шеңберинде шөлкемлестирилген презентация арқалы соңғы жыллары Өзбекстанда туризм тараўында әмелге асырылған реформалар нәтийжесинде аймақларда қурылған туризм дәргайлары, жаңаланған инфраструктура ҳәм мәдений мийрас объектлери менен танысты.
Илажға келген мийманлар елимиздиң бай ҳәм ҳәр қыйлы мәденияты ҳәм дәстүрлерин сәўлелендириўши миллий нама-қосықлар ҳәм аяқ-ойынлар менен жақыннан танысып, өзбек аспазлары тәрепинен таярланған миллий тағамлардан дәм татты.
Б.Худойбердиев,
ӨзА