«Toyota» және бир заводын жапты

213

Белгили болғанындай, 6-март күни Япониядағы автомобиль ушын ҳәр қыйлы комплектлеўши бөлеклер ислеп шығаратуғын «Chuo Spring» заводында жарылыў жүз берип, бир хызметкер қайтыс болған, еки адам жарақатланған еди.

Бул кеўилсиз ўақыядан кейин белгили «Toyota» компаниясы аўысық бөлеклер жетиспеўи себепли және бир заводтың жумысын тоқтатты. Бул ҳаққында «Киодо» агентлиги жазған.

Алдын Дүйшемби күнинен баслап Аити префектурасындағы еки заводта «Harrier» ҳәм RAV4 маркалы машиналар жыйналатуғын үш өндирислик системасы жабылатуғыны мәлим етилген еди.

2023-жылы да усы заводта жарылыў бақланып, «Toyota»ның 8 заводында 13 өндирис линиясы тоқтап қалған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги